Maqalalar · 2026/3
И. ЮСУПОВ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНДЕ АНА ЎАТАН ТЕМАСЫ
- Гуззал Отепбергенова филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Ózbekistan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat institutı Nókis filialı
Tayanısh sózler
И.Юсупов, Ана Ўатан, ўатан сүйиўшилик, ана тили, миллий өзлик, еркинлик, экологиялық жуўапкершилик, ҳүждан, пуқаралық позиция
Annotaciya
Мақалада қарақалпақ халқының көрнекли шайыры И.Юсупов дөретиўшилигиндеги Ана Ўатан темасының идеялық-көркемлик өзгешеликлери талланады. «Туўған жер», «Бул жер еле зор болады», «Ана тилиме», «Төк таўындағы ойлар» ҳәм «Халық сөзлери» қосықлары мысалында Ўатан образының туўған топырық, ана тили, миллик өзлик, еркинлик, экологиялық жуўапкершилик, ҳүждан ҳәм пуқаралық парыз түсиниклери менен байланысы ашып бериледи. Шайыр поэзиясында ўатан сүйиўшилик сезими тек мақтаныш түринде емес, ал хылықтың тәғдири, тәбиятты қорғаў, нызымды ҳүрметлеў ҳәм келешек әўлад алдындағы жуўапкершилик сыпатында көринетуғыны атап өтиледи.
Ádebiyatlar
- 1. Kórkem óner hám mádeniyat Xabarshısı. №2.2024.
- 2. Оразымбетов Қ. Таңламалы шығармалары 1-том. Нөкис: Билим, 2018.
- 3. Юсупов И. Таңламалы шығармалары 2-том. Нөкис: Билим, 2018.
- 4. Юсупов И. Таңламалы шығармалары 1-том. Нөкис: Қарақалпақстан, 1992.