Maqalalar · 2026/3

ИВАН ПЕТРОВИЧ БРЫЗГАЛОВ: БАРИТОН ҲӘМ БАС УШЫН ҚОСЫҚ АЙТЫЎ МЕКТЕБИ

  • Насыров Миратдин Баўенович – үлкен оқытыўшы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Ózbekstan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat institutı Nókis filialı

Annotaciya

Мақала вокал педагогикасының раўажланыўына, әсиресе, ер адамлар даўасы - баритон
ҳәм басты үйретиў тараўына үлкен тәсир көрсеткен ири совет вокал педагогы Иван Петрович
Брызгаловтың методикалық қолланбаларын изертлеўге бағышланған. Оның вокал бойынша баслы
китаплары ҳәр тәреплеме талқыланып, даўысты орнатыў, вокал техникасын раўажландырыў ҳәм
қосықшылық шеберлигин қәлиплестириў бағдарындағы өзине тәнлиги көрсетип берилген. Әмелий
шынығыўлар, теориялық тийкарлар ҳәм педагогикалық принциплерге айрықша итибар қаратылмақта,
олар И.П.Брызгалов методикасын бүгинги күнде де әҳмийетли ҳәм талап етилетуғын етип қоймақта.
И.П.Брызгаловтың "Баритон ҳәм бас ушын қосықшылық мектеби" (1987) атлы музыка оқыў орнының
1-2-курс студентлери ушын арналған өзине тән оқыў қолланбасы көрип шығылған. Автор
қолланбаның дүзилиси, оның физиологиялық-акустикалық тийкарлары, қосықшылық дем алыўы,
даўыс регистрлери, дикция, ер адамлардың төменги регистр даўыслары - баритон ҳәм басқа арнаўлы
бейимлестирилген вокал шынығыўлары менен ислеў методикасын анализлейди. Қолланбаның
әмелий бағдарланыўы, педагоглар ҳәм баслаўшы қосықшылар ушын мәсләҳәтлер, вокализлер
қосымшасы ҳәм мағлыўматнамалардан ибарат екенлиги атап өтилген. Брызгаловтың жумысы совет
вокал мектебиниң мазмунына сәйкес келеди, ол көбинесе сес пайда етиў ҳәм диапазонға айрықша
қатнас жасаўды талап ететуғын төменги регистр даўысларды арнаўлы таярлаў, методиканың
заманагөй педагогикалық әмелияттағы әҳмийети ҳәм оның академиялық вокал дәстүрлерин сақлап
қалыўға қосып атырған үлеси ашып берилген. 

Ádebiyatlar

  1. 1. Bryzgalov, I.P. Singing School for Baritone and Bass: First and Second Years of Music College. —
  2. Tashkent: Gafur Guliam Publishing House of Literature and Art, 1987. — 92 pp.
  3. 2. Srazheva, O.V. “On the Classification of Vocal Exercises” // Bulletin of Music Science. — 2009.
  4. (Cited from: cyberleninka.ru).
  5. 3. Menabeni, A. Methods of Teaching Solo Singing. — Moscow: Prosveshchenie, 1980.
  6. 4. Garbuz, N.A. Vocal Technique and Its Development. — Moscow: Muzyka, 1985.
  7. 5. Materials from online libraries: Rusneb.ru, Azbyka.ru (electronic version of Bryzgalov’s textbook).